⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАЙЛЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. мат. , физ. Орайға тийисли, орайда жайласқан. Орайлық ноқат. 2. Басқа өзине уқсас объектлер орайында, ортасында жайласқан. Орайлық көше. 3. Төменги шөлкемлерге басшылық қылыўшы. Орайлық комитет, Орайлық банк. 4. Қандай да бир ис, хызмет тараўындағы киши жергиликли бөлимлерди бирлестирип басқарып турыўшы; бас. Орайлық сайлаў комиссиясы. 5. Тийкарғы, негизги, әҳмийетли. Адамда қуўаныш пенен қайғыны, ренжиўди орайлық нерв системасы, бас мий басқарады (А.Бекимбетов). Өзи төбешиктин үстиндеги орайлық окопқа жайласты (әд. хрест.). Мына пьесадағы орайлық фигура — Елеке усындайлардың бири (Г.Есемуратов).