⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАЗА

Қарақалпақша

ат. дин. с. Мусылманлардың қәр жылы пүтин рамазан айы даўамында дүньялық иелерден өзлерин тыйып, таң атқаннан күн батқанға шекем қеш нәрсе ишпей-жемей жүриў үрп-әдети; Исламдағы бес парыздың бири. Намаз — ораза парызым бар, Бир Алладан мениң, қызым, Атаңның айтар арзы бар, қулағың сал, жаным қызым (Бердақ). Бийшара кемпир ораза адамдай ол күн менен бул күнге бир нар татып өлмей отыр (М.Дәрибаев). Бизиң апам «9 жасымнан берли жылда ораза тутаман» дейди (Т.Қайыпберғенов). Бас мәселе аўылда адамларға ораза туттырмаў болды (Ә.Пахратдинов). Оразаның питкенине байланыслы байрам Қурбан қайт, бул арабша Ид ал-Адқа деп аталады (Т.Қайыпберғенов). Өмирлик ораза — өмир бойы тутық болыў, ораза тутыў.