ОПЫРЫЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Сыныў, бузылыў, қопарылыў.
Үйге жақынлап келсек жайдың алдына тигиўли турған отаўдың шаңарағы опырылып ортасына түсип атыр (Г.Изимбетов).
Ишки өжирениң төбеси опырылып, жетим-жесирлердиң бахтына ҳеш ким астында қалған жоқ (О.Әбдирахманов).
2. Қалтасы опырылыў, қалтасы босаў, киширейиў, азайып қалыў, омсырайылыў.