ОПЕРАТИВ
Қарақалпақша
кел. 1. Әскерий операцияға тийисли, әскерий операция менен байланыслы болған.
Оператив карта.
2. Тапсырманы ямаса өз ўазыйпасын әмелий жақтан тез шешетуғын, орынлайтуғын.
Оператив топар.
Бул жуўапкершиликли тапсырманы орынлаў ушын тез арада оператив топар дүзилди (газетадан).
3. Тезлик, шаққанлық пенен әмелге асырылатуғын, тез қолланатуғын; тез, исшең, әмелий.
Оператив илажлар.
Оператив түрде ислеў.
... амбулатор-поликлиника мәкемелеринде «онлайн патронаж» системасын тиклеў, онда 6 жаска шекемги балалар саламатлығынан тиккелей хабар алыў, хәр қандай өткир кеселликлердиң белгилери бар балаларға шыпакердиң оператив тексериўин өткериў жумыслары алып барылмақта (газетадан).