⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОНШЕЛЛИ

Қарақалпақша

р. Соншама, оншама, жүдә. Сонлықтан Айжамал әдепки пәттегидей оншелли тынышсызланбады (Ө.Хожаниязов). Бул сөзге оншелли итибар бермей, кеңселерге де кире шығайын (Ө.Хожаниязов). Бул шешими ҳақыйкатлықтан оншелли қашық емес еди, шынында қозғалаң басшылары я әскер, я хан әўлады болған, бирақ тәжирийбеси кемис адамлар болды (К.Кәримов). Юлдаш аға, Мамутов айткан таў арасындағы сахнада Ғәрип оншелли көзге түсе алмады (М.Нызанов). Оған пашшап оншелли мәгар баққал курақым кыйналмады (К.Кәримов).