⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОНСЕРИ

Қарақалпақша

сан. Батпанның төрттей бири, аўырлық өлшем 10 кг. салмаққа тең. «Онсери бел менен ана жапты қазып едим ғой, ана гөне қыслаўдын аржағында кетпен менен кетпенлеп тары егип едим ғой» деп ишимнен ойлап өткен өмиримди көз алдыма елеслетемен (М.Дәрибаев). Сатымбай онсери дәнди өлшеп кемпирдиң жамаўлы қалтасына салды (Б.Бекниязова). Сениң теңиң емес ҳәмел, Қолыңа ал онсери бел, Атызыңа барып шел шап, Ақылымды ал, надан болма (Бердақ). Онсери уўайымнан сийсери пайда жоқ (ққ.х.н.м.). Дәнлеп, батпандап, пудлап, онсери, сийсери деп өлшенетуғын болса жоңышқа туқым гейде кадаклап өлшенеди (К.Кәримов).