ОНЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Он саннан ибарат болған сан.
Әл-Хорезмий «ноль» санын, онлық санақ системасын хәм де кублар координаталарын бириншилерден болып тийкарлап берген хәм әмелиятқа енгизген (газетадан).
2. Мөлшери он болған топар.
Глобализация дәўиринде қәлиплескен геоэкономикалық кеңисликте жәҳән еллериниң саўда-сатық айланысы жоқарылады, соның ишинде биринши онлық топарына киретуғын мәмлекетлердиң позициясы глобал экономикасының барлық сфераларында күшеймекте (журналдан).
3. Ақша бирлиги.
Сатыўшынын алдына бир қызыл онлықты шығарып қойып еди, жолдасы дым үндемей калды (газетадан).
4. тар.
с. гөн.
с. Он хожалықтың үстинен қарайтуғын басшы, он хожалықты басқарыўшы.
0 Онлық бөлшек — бөлими он санының пүтин дәрежеси болатуғын бөлшек.
Алдын айтканымыздай, раңионал санлар үстинде, тийкарынан шекли онлық бөлшеклер үстинде орынланатуғын әмеллер ҳәм олардың қәсийетлери мәлим деп есаплаймыз («Математика» саб.).
Онлық шыра — жақтылығын, пилигин ҳәм май мөлшерин белгилейтуғын шыра.