⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОМЫРТҚА

Қарақалпақша

ат. анат. Адамзаттың бас пенен шонды аралығындағы узынына жайласқан сүйеги. 0 Мойын омыртқа — бас пенен геўдениң аралығындағы сүйек. Мойын омыртқа гүрт етип табжылмастан жан берди («Мәспатша»). Аяқ бассаң шуқырға түскендей селк етип мойын омыртқа үзилип кете жаздайды (Т.Қайыпбергенов). — Уялғанымнан не қыларымды билмей, мойын омыртқасы үзилип кеткен кисидей, орнымнан зорға турдым (Т.Қайыпбергенов).