⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЛАҚ

Қарақалпақша

кел. Қолынан ис келмейтуғын, ийкемсиз, солақ, епсиз, уқыпсыз, ебетейсиз. Салақ та солар болды, олақ та солар болды (Б.Исмайлов). Олақпыз ба, талантсыз, я шебермиз, бәрин таллап айтатуғын сын керек (И.Юсупов). Неге сонша қисым қыламыз жанға, Неге олақ халықпыз бүгинлиги биз (И.Юсупов). Жаў урысқа олақ-тә, Ҳәм жүдә ҳәм сумлықпы (Т.Мәтмуратов). Жақсы бар жерде, жаман бар, Олақ бар жерде, маман бар, Өмир жоллар тең емес, Жокдар барды әрманлар (Б.Зиварова).