⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОКТАВА

Қарақалпақша

муз. 1. Диатоник гамманың сегизинши басқышы; усы гаммада бир атамадағы еки нота аралығы. Ҳәр бир кейинги октавадағы сеслердиң жийилиги алдынғысына қарағанда еки есе жоқары болады ҳәм соған уқсас сеслер бирдей басқыш атамаларын алады (газетадан). 2. Жүдә төмен еркеклер ҳаўазы — бастың айрықша көриниси. 3. әд. Сегиз қатарлы қосықбәнти. Октава сегиз қатарлы қосық болып, биринши қатары үшинши ҳәм бесинши қатар менен, екинши қатары төртинши ҳәм алтыншы қатар менен, жетинши қатары сегизинши қатар менен уйқасып келеди («Әдебият теориясы» саб.).