⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЙМАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Ине менен тигис тиккенде бармақтың ушына киетин темирден иеленген зат, қурал. Оймақ жуқа жез темирден бармаққа сыйып туратындай көлемде жасалады. 2. аўыс. Кишкене, сулу мәнисинде. Бадам қабақ, оймақ аўыз қыз көрди, жолдас болған өмир бойы бағынған («Мәспатша»). «Көзиң түссе көңилиң урады халлас, Бадам қабақ оймақ аўыз қия қас» («Алпамыс»).