ОЙЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Пикир жүргизу, еске түсиру, еске алу, жатқа алу.
Өткенди ойлаў, мархумдарды ойлаў.
Ойлаған бузық ойы бар (Өтеш).
— Илаж жоқ... сөзсиз таяқ жейтиним анық деп ойлаймын (Ә.Шамуратов).
Қазы Керимберди ахун қашқан-ақ көз алдына басқа нәрселер келтирип, басқа нәрселерди ойлаў менен бәнд болды (Ә.Пахратдинов).
Далада жабыўсыз қалған баспақты, Ойлай-ойлай кетер едим уйқыға (Т.Мәтмуратов).
«Мениң бир исим жақпай қалды ма екен», — деп ойлайды ишинен (М.Нызанов).
Қарап турсаң, ақылың ўайран, Ойлаў қиын мийирим дегенди (М.Сейтниязов).