ОЙ III
Қарақалпақша
т.с. Қуўанғанда, ренжигенде, таңданғанда айтылатуғын сөз.
— Ой, нәлет, жаўызлар, — деп отыр екен (Т.Қайыпбергенов).
— Ой жеңге, Ҳүрниязбийке, қудашаларымыз ушын қоржынларымыздың, гүржилери енди жаздырылады (Қ.Ирманов).
— Ой ақылсыз-ай, қара буның жаман ойын (М.Әбдиреймов).
Ушар еди жибергенимде, Ой, жәниўар, көзлери жайнап! (М.Сейтниязов).
Оқыранып келди ол қызға.
Ой, қанындай атлар ақыллы! (М.Сейтниязов).