⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЗЫЎ

Қарақалпақша

ф. Алға түсиў, жеткизбеў, озып өтиў, қуўып жетип өтиў. Жарыспаққа түссең озып қатардан. Жумысларың қысы-жазы пәт алған (К.Султанов). Бурынғы ўақытта байраққа ат жибергенлер атының озыўын тилеўши еди (Т.Қайыпбергенов). Тулпар турып, базда ябы озады (Г.Дәўлетова). Ким артқа айланбай алға шабыўын даўам етсе озады (Т.Қайыпбергенов). Бәлким, мен сол шийрин қыялларымнан да озып кеткен шығарман (М.Нызанов).