⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОБЪЕКТ

Қарақалпақша

ат. 1. Сыртқы дүнья, бизиң санамыздан тысқары, бизден ғәрезсиз жасаўшы дүнья хәдийселери, затлар. 2. Дыққаттың белгили бир ис-хәрекетке бағдарланған ҳәдийсе, затлары. Биз өзимиздиң изертлеў объектимиздиң тийкарынан пүтини менен усы ўазыйпалар дөгерегинде анализлеўге тырысамыз (К.Максетов). Роза Хамидованын дәўир кахарманларынын характерлерин ашып бериўлери, Гүлжәхән Тажетдинованын нени жазыў кереклигиндеги объект танлаўларын басқаларға өрнек етсең арзыйды (М.Нызанов). 3. Хожалық ямаса қорғаныў әхмийети болған кәрхана, қурылыс, айырым участка ҳәм т.б. Қурылыс объекти.