ОБРАЗ
Қарақалпақша
(рус.
образ — жүз, шеке; сүўрет, тымсал; икона).
ат. Көркем шығармада дөретилген тип, характер.
Бул вариантта Ерназар алакөздиң образы ҳәм Хийўа ханы ҳәм оның үстемшилигин жек көрген азатлық ушын гүрескен хақыйқат халық қақарманының образы (Г.Есемуратов).
Бердақ шығармаларында сүўретленген хаяллар образын күтә ақыллы, батыр етип көрсетеди (И.Сағыйтов).
Анық хүжжетлер болмаса жазыўшылар аўқамы бундай «айыпкерди» әдебий образлар дизимине киргизиўге руқсат жоқ (М.Нызанов).
Солар тәрепинен жаратылған образды бизлер де жаратыўымыз керек (М.Нызанов).