⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

О II

Қарақалпақша

т. с. Таңданғанда, қуўанғанда, ренжигенде ҳәм басқа да руўхый ҳалатларда айтылады. О, — деди Атажанов мениң сорағаныма, таң қалған сыяқлы түс билдирип, — Сиз оны еле билмейсиз бе? (Ж.Сейтжанов). — О, маңдайымда парлап жанған шоқжулдызым (Ө.Хожаниязов). О, жаратқан от ишинде пахтаңбыз, Тынышлықта сақла ана халқымды (Г.Дәўлетова). О, сен Об дәрьясы, Иртыш, Енисей, Ойлан, қаяқдарға ағып атырсаң (М.Сейтниязов). О-о сорама! Еки миллион сегиз жүз мың! (М.Нызанов). — О-О-О! — деген сеслер таңғы ҳаўаны силкиндирди (К.Каримов). — О-о-о! — деп бақырып жиберди Алий, — жүзикке қас қойдырғандай болды-ғо (М.Нызанов).