⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НӘРЕСТЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Сағыйра, жас бала. Дүньяға шықкан нәрестеге азан айтып ат қойыў, өлгенниң жыназасын оқып куран шығарыў сиз ушын шарияттан, яратқаннан уллы буйрық (А.Бекимбетов). 2. аўыс. Ҳақкеўил, надан, гөдек. Хан деген бир нәресте болады екен, бир жерде отырады, ҳәр ким бир аўыз сөз айтып келсе, бир жерде отырып инанады екен («Алпамыс»).