НӘЛЕТ
Қарақалпақша
ат. Ғарғыстың түри, кейигенде, ренжигенде, ашынганда айтылатуғын сөгис.
Адамнын жанын түршиктиретуғын бундай сөзге үйренбеген ғарры, көкирегин шалаға өртетип, ишинен нәлет айтып, кейин қарай шегинип кетти (Ө.Айжанов).
Жасы кишиге сөзин шашқан, Нәлетлерден қарыз алма (Әтеш).
0 Нәлет жаўғыр — ғарғыс, сөгис.
Нәлет жаўдырыў — ғарғысты жаўдырыў, сөгиў.
Булай жарлы қылып жуўанларға жем болып жасағанларға бир талай нәлетти жаўдырып жатып жылады (Т.Қайыпбергенов).