НӘЗИК
Қарақалпақша
кел. 1. Жиңишке, жип-жиңишке.
Қолына салғаны алтыннан жүзик, Беллери соныңдай бир қысым нәзик (Әжинияз).
2. аўыс. Әлпайым, әлжуўаз.
Нәзик, жағымлы бүлбил сеслери тыңдаған жанға йош, қуўаныш, ләззет береди.
0 Нәзик жол — қыйын, аўыр.
Сыншы болыў аңсат емес билгенге, Китаптың жолы нәзик жүргенге (И.Юсупов).
Қыздың жолы нәзик, оған адыр-будыр сөз айтыўға болмайды (М.Абдураимов).