НҮСЕР
Қарақалпақша
ат. Қуйып жаўатығын өткинши жаўын.
Ешкилер шопанның айдап барған жерине барып отлап улгере алмастан нүсер жаўа баслады (Қ.Айымбетов).
Нүсер жамғыр — үзбестен қуйып жаўған жамғыр, жаўын.
Нүсерлеп қуйыў — тынбастан шелектеп қуйып жаўыў.
Азғантай ғана тынған жамғыр тағы нүсерлеп қуя баслады.