НУР
Қарақалпақша
ат. Бизди қоршаған дүньядан көз арқалы қабылданатығын сәуле, жарық, шуўақ.
Қуяш жарқырап өзиниң алтын нурын жерге төгип турғаны болмаса, бүгинги аяз кешегиден бетерирек (Т.Қайыпбергенов).
Нур қуйыў — нур төгиў, нурландырыў.
Көкте қуяш нур қуйғанда күлимлеп, Бирте-бирте көкшил дөңген сай-сала (И.Юсупов).
Нур шашыў — жақты бериў, жақғыландырыў, нурландырыў.
Нур қуяш — нурлы қуяш, қуяштың нуры, шуўақ.
Мениң гөззал Уатанымның жерине, Нур қуяшын шашты бахыт бәҳәри (Ж.Аймурзаев).
Нур тамыў — аўыс. Нур қуйыў, нур жаўыў.
Жүзинен нур тамған сулыў сымбатлы, Сондай аты шыққан қызға бар, балам (А.Дабылов).
Нур төгиў — аўыс. Күш-қуўат бериў, бахыт бериў.
Нур қаплаў — аўыс. Нурға бөлениў, нур төгиў.
Нур қаплады «Қырқ қыздың» сол «қаласын», Бағып турған мынаў боздың даласын (Т.Сейтжанов).
Нур жаўыў — жақсылық болыў, ийгилик болыў.
Нур жайнаў — жадыраў, жарқыраў.
Жақсы адамға Алла тааланың нуры жаўады дейтиғын еди, демек, бул да жақсы адам екен де! (М.Нызанов).