НЕКЕ
Қарақалпақша
ат. Жана үйленген адамлардың, ерли-зайыплылардың арасындағы, ерли-зайыплы болғанлығын рәсмий түрде нызамдастырыў иси, шәртнама.
Жаңа дәўирдиң ҳаялы болған менен қарақалпақшылық етип, дәслепки некеге қыянет ете алмай жүрген қусайды (Т.Қайыпбергенов).
ф. 0 Неке қыйыў — басын байлаў.
Қоңыратлы сол қызға барды, Алыў ушын сөзин салды, Неке қыйып қызды алды, Буны мен көз бенен көрдим (Бердақ).
Неке салыў — некелеў, некесин қыйдырыў.
Жас еди барлық алғаны, Сыртынан неке салғаны.
Жылады зорлап қылғаны, Көби азапта өлген екен (Бердақ).
Неке түсиў — хаял алыўға ямаса биреў менен биреўдиң қосылыўына шәриғат бойынша неке қыйдырыўға болатуғын адам.
Зәриўликте төрт қатын, ал перзент жудалығы ушын алты қатынға шекем неке түседи (К.Султанов).
Некесин бузыў — ерли-зайыплылардың некелерин ажыратыў, бөлеклеў, айырыў.
Неке сарайы — ерли-зайыплылардың бир-бирине қосылыўын рәсмий түрде нызамдастыратуғын салтанатлы орны, шәртнама беретуғын имарат.
Неке жүзик — тазадан қосылысып атырған ерли-зайыплылардың некелескендеги қолларына салынған жүзик.