НАСЫБАЙ
Қарақалпақша
ат. Темекиниң майдаланған унтағы менен сексеўил ямаса жыңғылдың күлин араластырып, үстине суў тамызып араластырып, уўқалап исленетуғын нәшениң түри.
Қәне, татыўласып насыбай атысып алың (К.Султанов).
0 Насыбай шақша — ишине насыбай салыў ушын қаңылтырдан, мыстан, ағаштан, қабақтан хәм басқа да нәрселерден иеленген арнаўлы ыдыс.
Насыбай тостаған — насыбайды уўқалайтуғын арнаўлы ыдыс.
Насыбай уўқалаў — темеки менен қүлди араластырып насыбай таярлаў.
Насыбай атыў — насыбайды тилдиң астына салыў.
Бир атым насыбай — тилдиң астына бир ғана рет салыўға болатуғын насыбай.