НАМА
Қарақалпақша
ат. 1. Қосықтың музыкасы, мелодиясы, саз.
Қандай нама буйырсаңыз да айтып бере аламан (Ә.Шамуратов).
Сазла, бақсы дуўтарынды, «Жети асырым» намасына (И.Юсупов).
2. аўыс. Босқа айтылған сөз, мәзи гәп, бос гәп, бос сөз.
0 Намаға салыў — а) қосықты бир нама менен айтыў.
Уядағы бозторғайлар шыр-шыр етип ушып, ағарып атқан таңды, бозарып шыққан күнди қарсы алғандай, көтерилип көкке ушып шуў-шуў намаға салып қосық айтыўға киристи (газетадан).
б) аўыс. Биреўдин үйреншикли әдетин қайталаўы.