НАЎҚАН
Қарақалпақша
ат. 1. Пилле, жипек.
2. Наўқан қурттың ийиў, тутыў дәўири.
Наўқан тутқан адамлар менен таныстырады (Г.Есемуратов).
3. Тут агашы, тут тереги.
0 Наўқан қурт — туттың жапырақларын жеп жипек шығаратуғын қурт.
Бир күни Гүлзийра пиллехананың қасында көлеңкеде қалған бир қосыўыстай пиллениң үстинде жыбырлап жүрген наўқан қуртларға көзи түсти (Н.Дәуқараев).
Наўқан тутыў — наўқан қуртын асыраў, пилле шығарыў, тәрбиялаў, тутыў.
Тут ағашын тәрбиялап, Наўқан тутыў мектепте зор ис, — деди, буны ен жайдырың сиз көпке (Т.Сейтжанов).