⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МӘРДИКАР

Қарақалпақша

ат. Жергиликли хүкимет тәрепинен урысқа ямаса басқа да узак жерлерге хызмет еттириў ушын керекли дегенлерди ерксиз түрде ең қолайлыларын жибериў ушын шақырыспақ, жарамды адамларды алыспақ. Бул план бойынша фронт ушын мийнеткешлерден жети үйден бир мәрдикар алынатуғын болды (Қ.Ирманов). Мен мәрдикарға айдалатуғын жылы, — деди Ерполат, — бизиң, аўылда Ҳүрзия атлы бир қыз болды (М.Дәрибаев).