⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МӘЖИЛИС

Қарақалпақша

ат. Жыйналыс, жыйнақ, кеңес. Суд мәжилисин ашық деп жәриялады (Ө.Айжанов). Кешқурын қаланың айналасына қараўыл қойып ревкомда мәжилис болды (Н.Дәўқараев). 0 Мәжилис дүзилиў — ойласыў кенесиў. Сениң, менен мәжилис дүзилер, Мен сени сүйдим қара көз (Ә.Шамуратов). Мәжилис қурылыў — кеңесик болды, ойласық болды. Мәжилис қурды халық инанды сөзине, Мийнеткешлер ерип шықты изине (А.Муўсаев).