МӘДАТКӘР
Қарақалпақша
ат. Сүйениш, күш, қуўат, тирек, арқа сүйер, жәрдемши.
Дос-досқа мәдаткәр ҳәм де ақыл-ес, Жанын аямайды ҳақыйқат дослар! (И.Юсупов).
Бул алақындай қағаз болса да бизге мәдаткәр улым (Ө.Хожаниязов).
0 Мәдаткәр болыў — күш бериўши, сүйеўши.
Ўәлий болған ишер ҳимай, Мәдаткәр болған бир қудай («Алпамыс»).
Мәдаткәр болмаў — жәрдем етпеў, сүйемеў.
Дүнья рәҳәтин көрмедим, Шалқып шад болып жүрмедим, Қыз бенен ойнап күлмедим, Маған мәдаткәр болмады (Бердақ).