МҮШКИЛ
Қарақалпақша
кел. 1. Аўыр, машақат, қыйын.
Ер жигит басына мүшкил ис түсти, Жүрек-баўырым ғамның отына писти, Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў (Әжинияз).
2. Ис, дәрт.
Ат кекилин әрман етип тарайсаң, Жетпис бесте не мүшкилге жарайсаң («Мәспатша»).