МОЙЫН
Қарақалпақша
ат. Басты геўде менен байланыстырып туратуғын денениң бөлеги.
0 Мойнына алыў — бир нәрсени ислегенин, айтқанын, көргенин, билгенин өзи тастыйықлаў, қабыллаў.
Мойны босаў — жумыстан қолы босаў.
Мойнына қойыў — биреўдиң ис-ҳәрекетлерин, қылмысын тастыйықлап бериў.
Мойнына салыў — бир нәрсени қайтып төлеўге уйгарыў.
Мойын ортақ болыў — күш-көликти шериклесип жумсаў.