⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МИЙ

Қарақалпақша

ат. 1. Адамзаттың ҳәм жанлы-жаныўарлардың нерв системасының орайлық бөлими — бас сүйектиң ҳәм омыртқалардың, түтикшелериниң ишин толтырып туратуғын ақ зат, ойлаў органы. Бас мийи. Мийи қозғалыў. 2. аўыс. Ақыл, ой. Қызлар мениң ат жолымды сорасаң, Жаным бар да ақыл менен мийим жоқ («Қырқ қыз»). 0 Мийин жеў — мийин тесиў, изинен қалмаў. Мийин қатырыў — бир нәрсениң изинен қалмай, қайта-қайта айта бериў, дыңғырлай бериў. Мийге қонбаў — айтылған сөзге түсинбеў, айтылған нәрсе ядында қалмаў.