МЕДАЛЬ
Қарақалпақша
ат. Мийнеттеги жетискенлигин бахалаўда мәмлекет тәрепинен жеке адамларға берилетуғын арнап иеленген дөңгелек жазыўы бар манат (теңге) формасындағы белги.
Красавкинниң көкирегинде ҳеш қандай орден я медаль көринбеди (А.Бекимбетов).
Көксинде жайнаған алтын медалы, Шын азамат бир қаҳарман ғаррысаң (Т.Сейтжанов).