МАТАМ
Қарақалпақша
ат. 1. Қайғы, ҳәсирет, аза.
Он жети батыр өлип қалды, Ақ үйге қара байланды, Матам тутып ел қыйналды, Қайғы шегип жылаған екен (Бердақ).
2. Бәнт, байлаўлы, тутқын, жарамсыз, хәрекет жоқ.
Тамам ағзаларым матам, Жаслығымда болдым қатам, Кешир болса халқым хатам, Бул дүнья қалар өмирим (Бердақ).