⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МАРЖАН

Қарақалпақша

ат. 1. Моншақтың ең ҳасыл түри, қып-қызыл болып дөнип туратуғын биргелкили майда жылтырақ зат, қызлардың безениў заты. Пүткил дүньяның пуды, ушығаның ҳәр түри, Ҳинжи маржан ол жерде теңиз бақаншағындай (И.Юсупов). Маржан, шытақ орнатқанда, Салланып ҳайтқа шыққанда, Жипектен сайлап таққанда, Шашбаўларын үзип койды (С.Мәжитов). Мен де турман «оның не?» деп сора бир, Тениз айтар: сүңгип маржан ала бил (И.Юсупов). 2. Бақалы зат, ең керекли дүнья. Хинжи-маржанлары — бар айдынларыңда, Ҳасыл топырақлар бар қайырларыңда, Пиллердиң күши бар жайынларында. Бир жерде турмастай асаў дәрьясаң (С.Нурымбетов). 3. аўыс. Ең жақсы, қасыл. «Сөйле иним, албырайсаң несине, Азым сөз маржанын термесин дерсең (И.Юсупов).