МАЙЛЫ
Қарақалпақша
кел. Бай, дәўлетли.
(«Алпамыс»).
кел. 1. Майы бар, майы көп, майы жеткиликли.
Бий кесектей майлы гөшти ғылқ етип жутты (К.Султанов).
2. Жағымлы, жыллы, жақсы.
3. Семиз, қалың, тығыз, нығыз, аўыс. Қуры қол емес, мөниси бар, иши биледи, кәўили тоқ.
Бизлер де билемиз, қанша сыр бермеймен десең де, сениң ишиң майлы (Ө.Хожаниязов).
0 Майлы тил — жағымлы сөйлеў, жақсы сөзлер менен адамды жумсартыў.
Майлы шөрек — май салып жабылған шөрек, майы бар шөрек, ишине май қосып исленген шөрек.
Майлы шеңгел — шеңгелдиң нағыз қалың, тығыз, адам жүрип өте алмайтуғын жери, шеңгеллик.
4. Урыўтийре атамасы.
Ашамайлы, Иси сайлы, иши майлы (ққ.х.н.м.).