⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МАЙ

Қарақалпақша

ат. 1. Жанлы-жаныўарлардың етинде, сүгинде гейбир өсимликлерде, минераллық затларда болатуғын ҳәм олардан ажыратылып алынатуғын суўға араласпайтуғын суйықлық, ақ май (пахта майы), сары май, әлип май, лампа май, куйрық май. Бул ийт урлық қылар яқын-йырақтан, Кимди айырар майдан, кимди торақтан (Әжинияз). «Таўдан, тастан қайтпаған жүрегим, бир асам майдан қайтама» деп ойлады Сапар ишинен (М.Әбдирейимов). 2. Каленларь бойынша жылдың бесинши айы, бәхәрдиң үшинши айы. — Көрдим, деди ойланып турып, май айында келсеңиз сол фильмди атыз басында қойып беремиз (К.Султанов). 3. Өним пул, жерден ўақытша пайдаланыўға берилген соннан өндирип алатуғын ақшалай я дәнлей түсирим. Арқаным деп бес алар, жер майым деп тағы алар (Қ.Айымбетов). Жердиң майын шөмиш пенен қалпыған, Сүтхорларға сонша азап берермен (Омар). 4. Жағымлы, жипектей жумсақ. Жанға жайлы ағызады тил майын, Қызық сөзли түсиниўге дым қайым, Ҳәр күни ол билип турар сорасып, Кишкене адамлардың ҳал жайын (И.Юсупов). 0 Май байлаў — а) семириў, май жыйнай баслаў. б) аўыс. артық дүнья жыйыў, байыў. Май-сай — май және де басқа анаў-мынаў керекли нәрселер.