МАГАЗИН
Қарақалпақша
ат. 1. Саўда жумысын жүргизетуғын арнаўлы орын, жер, жай, өжире.
Китабы өтпей жатса магазинди айыплап оқыўшыны күнде сөкти (И.Юсупов).
Усы мақсет пенен олар колхоздың магазинине барып түрли-керекли нәрселерди сатып ала баслады (Т.Нәжимов).
2. қ. дүкән.