⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛӘШКЕР

Қарақалпақша

ат. Душпанға қарсы шығарыў ушын таярланған адамлар, көп адамлардын жыйынтығы, топар-топар адамлар, әскер, қол. Өзи ләшкерлерди баслап Иранға атланыс жасады (К.Султанов). Ләшкерлерин ертип патша жолға раўана болды («Ер Зийўар»). Кимге тиймес таяғы, Қоблан атлы батырға, Қырқ мың ләшкер қол барса, Қырғын болар деп еди («Қоблан»). 0 Ләшкербасы — әскерлерди басқарыўшы, басқарып барыўшы, жол баслаўшы адам, киси. Бир күни патша ҳәмелларлары менен ләшкербасыларын кенеске шақырды (ққ.х.е.). Буны еситкен душпанның ләшкербасыларыра ... кейин қайтыўға таярлық көре баслады (ққ.х.е.).