⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛӘТТЕ

Қарақалпақша

кел. 1. Гөне-көкси шүберек, дасмал. Усы ўақытта есиктен ләтте шапанға оранған орта бойлы, қара жигит кирип келди (К.Султанов). Кийимиң ләттееди, жүзиң пәрийшан, Дүнья телмиргендей болды тек саған (И.Юсупов). 2. Жаман, сасық, унамсыз, жарамсыз, ҳеш нәрсеге турмайтуғын. Ескиликтиң ләтте тосқынлықларын биротала тамырынан жулып тасламасақ болмайды (Ж.Аймурзаев). 0 Ләтте пикир — жаман ой, жарамсыз қыял. Көп қорлапсаң өз ананды қастың ба? Ләтте пикир уялаған басында («Әмиўдәрья» ж.). Ләтте пәм — ойсыз, пәмсиз, адамгершиликсиз адам, пәс адам. Сөздиң кәнинен гүл термеген, Бир ләтте пәм надан екен (А.Дабылов).