ЛӘРЗЕМ
Қарақалпақша
ат. 1. Жайлардың түбин ямаса басқа да затлардың ызғар алыўы, ләмлениўи.
Түнек ылай дийўалдың ләрзем алыўына сәл қалды (Т.Қайыпбергенов).
2. Жүй бериўи, шығнаўы жарылыўы, айырылыўы.
Жерлер ләрзем береди, Еки батырдың сестине («Алпамыс»).
Қатқан жер ерип, тоңлап тумлы-тустан ләрзем береди (Ж.Аймурзаев).
3. Тап бериўи, белги бериўи.
Гүрсилдеген үйлер гүңиренип ләрзем алды (Ш.Сейтов).
4. Тәсирлениў, тәсир етиўи, себеп болыўы.
Тумлы-тустан ләрзем алып, тарап кетти түн қамалы (Ж.Аймурзаев).
5. аўыс. Тыскарыдан болған қарсылық, зақым, зыян, зәлел.
Жалынланған иштен ҳәўирим, Ләрзем алып езилип тур баўырым (А.Дабылов).