ЛЫҚЛЫҚ
Қарақалпақша
1. ат. Иштен ерксиз түрде бөлинип-бөлинип шыққан сес.
Оны тутқан лық-лық бөлип кетти (Қ.Аралбаев).
0 Лықлық тутыў — дем алдырмай үсти-үстине келген лық-лық.
Молла лықлық тутқанаай селк ете қалды (Х.Сейтов).
Лықлық етиў — иштеги сестиң шығыўы.
Мейирбек: «Мениң лекция оқыўым керек еди, уят болды-аў» деген сөзди лықлық етип зордан сөйледи (Қ.Айымбетов).
Лықлық тийиў — иштеги сестиң бөлинип-бөлинип ерксиз тутыўы.
Бирден кемпирге лықлық тийип сөйлей алмады.
лық-лық етиў ф. Бир нәрсениң сес шығарып төгилиўи.
Шийшедеги майдың қазанға лық-лық етип қуйылғаны Айпараны қайран қалдырды (газетадан).