ЛИПАС
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр түрли баҳалы кийим-кеншек.
Бала ишке кирген соң пери жигитти әжайып липаслар менен кийиндирип аўқатландырыпты (қ.қ.х.е.).
Онан кейин Айпарша Мәспатшаның липасын шешти, бир төбеге үйди, от берди («Мәспатша»).
2. аўыс. Ҳәр түрли түрге ениў, сәнлениў, бөлениў.
Ҳәмме жер көклеп, ағашлар жасыл липасына бөленди (А.Бекимбетов).
Жаслар сәўбетине гүллер ийди бас, Тораңғыллар оларға жапты көк липас (И.Юсупов).
3. аўыс. Әжайып көринис, сыпат, түр.
Қөрмеген едим Қиевти, Әлҳаўаға ол тийипти, Жаслық липасын кийипти (И.Юсупов).