⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛЕБ

Қарақалпақша

ат. 1. Адамлардың, жанлы-жаныўарлардың ишинен шығатуғын ҳәўир, дем. Төменде аўзынан шыққан ыссы лебине қолын үплеп Сәлийматур екен (К.Султанов). Тум-тустан келген хош ийис пенен Айымжамалдың иштен шыққан ыссы леби қосылып, беденимди балқытты (Ө.Хожаниязов). 2. аўыс. Жағдай, аўҳал, мәни, сыр. Түслик тәрептен ебиндей есип турған күшсиз, жағымсыз ыссы ҳаўаның леби келип тур (А.Бекимбетов). Сыртқа шығыў менен гүздиң салқын леби бетиме лып ете қалды (Ш.Сейтов). Еритип леби бәқәрдиң, Қыс курсағы босанды (К.Султанов). 3. аўыс. Ҳәрекет, қозғалыс, бағдар. Оның күлимсиреген қара көзлеринен әлле бир қуўаныштың леби сезилди (Ө.Хожанов).