ЛАПЫЛДАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Оттың жаныўы, алысыўы, күйиўи, өртениўи.
Көшелерди ғезген самал оттың лапылдап турған ҳәўириндей көринди («Жеткиншек» г.).
Бир жулдыз лапылдап жанып кетти (Ө.Айжанов).
2. аўыс. Дөниў, түр бериў, рең бериў, хоширейлениў.
Лапылдап турган көз жанарының жалыны қыраўытқанына қарағанда узақ жолдан сабылып келгенге ямаса әлле кимнен қысқы жегенге усап еди (К.Султанов).
3. аўыс. Дененин ыссылығы көтерилип күйип-жаныў.
4. аўыс. Қайғыға ушыраў, уўайымға дус болыў.
Жалынып, қайғырып турғандай ойда, өртинен лапылдап баўыры күйип («Әмиўдәрья» ж.).
5. аўыс. Ҳәўижлениў, раўажланыў, алға өрлеў, басыў, өршелесиў.
Көрикте мәрт жалынлар, Кетсин тағы лапылдап (Т.Сейтжанов).
6. аўыс. Жүрек дүбирлеп, алып-ушыў.