ЛАП
Қарақалпақша
II: лап етиў ф. Сөзди көтермелеп айтыў, күшейтип баянлаў, улғайтыў, бөрттириў.
Ойлап, Бердимурат, айтқыл сөзинди, Көтермей лап етип қуры өзинди, Қызартпағай биреў сениң жүзинди, Қолдан келсе хызмет исле халық ушын (Бердақ).
Өзинди усатып Қудайназарға, әмелий дал етип келген усайсаң (ққ.х.к.).
III: лап етиў ф. Оттың ҳәм басқа да нәрселердиң тез жаныўы, бирден алысып кетиўи, ғаўлаўы, өртениўи.
Отқа шырпыны таслаўдан лап етип алысты («ЕҚ» г.).
IV: лап урыў ф. Басқаға қарсы даў етиў, қарсылық етип сөйлеў, қыр көрсетиў, басқаларды есапқа алмаў, өзин жоқары санаў, мақтаныў.
Ат басындай сом жүрек, Меннен саған сөз керек, Лап урасаң соншама, Аңлап сөйле, бәдирек («Мәспатша»).
Батыр болсаң келиң деп, Ортада лап урады («Ер Зийўар»).
Бунша неге лап урасаң, кел, аянба, биз бенен алыс («Алпамыс»).