ЛАБОРАНТ
Қарақалпақша
ат. 1. Илим-изертлеў мәкемелериниң тәжирийбе лабораториясында ислейтуғын илимий техникалық хызметкер, жәрдемши.
Мен дәслеп жумысты институтта лаборант болып ислеўден басладым («ЕҚ» г.).
2. Айырым мәкемелердеги қабылдап алынатуғын заттың ҳөлин, жасын, қуўрағын, тазалығын тексеретуғын қәнигели хызметкер.
Келген пахталарды лаборант шакқанлық пенен көрип жүр («ЕҚ» г.).