⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир жерден екинши жерге өзгериў, көшип қоныў, қоныс басыў. Ержан жаңа жайды питирип, көшиўди зорласа да оның әкеси быйылша мәўлет сорап келди (С.Хожаниязов). Арба көлигиң бар, сен көш (Қ.Айымбетов). 2. Мылтықтың оғының атылып кетиўи. ...қолындағы мылтығы бирден көшти (Ә.Шамуратов). ... көшип кетер деп мылтығын бийик жерге илдирип қойды (А.Бекимбетов). 3. аўыс. Жылжыў, қозғалыў, айланыў. Гүлдирмама гүркиреп, көшкен бултты узатты (Т.Жумамуратов). 4. аўыс. Жаңалыққа бет алыў, аяқ басыў, нәзер аўдарыў. Зәриў көп ўақ муңланды да, Бир ўақ жүзи нурланды да, Ойланып тағы турды да, Қуўанышқа көшкен екен (Бердақ). 5. аўыс. Көтерилиў, жылысыў. Ҳаў бәдик, көшер болсаң, жүзгенге көш, Қасын керип, қабағын сүзгенге көш (ққ.х.қ.). 6. аўыс. Өлиў, қазаланыў, қайтыс болыў, тамам болыў. Биз дүньядан көшкен менен дүньяға бир пул, Жерден изимиз өшкен менен дүньяға бир пул (И.Юсупов). 7. аўыс. Туқым қуўалаў, нәсил қуўалаў, аўыў, өтиў. Сонлықтан, бақсышылық улларына емес, қызына көшеди (Қ.Айымбетов). 8. аўыс. Өтиў, аўыў. Артистлер де тилден-тилге көшип атыр: бирэў анаўсын хошаметлейди, биреў мынаўсын мақтайды (Ө.Хожаниязов). 9. аўыс. Жарысып ойнайтуғын ойынларда (мысалы, шахмат, шашка т.б.) ҳәрекеттиң гезек алыўы, баслаў, жүриў. ♦ Аўызларға көшиў — гәптиң, ойдың кең тарқаўы, ҳәммениң билиўи. — Хан ылай менен тастан жай салдырса, халықтың ғамын ойлағаны, — деген гәп аўыллардан-аўылларға, аўызлардан-аўызларға көшти (Т.Қайыпбергенов). Биротала көшип кетиў — барлық нәрсе буйымларын алып кейнине айланбайтуғын болып кетиў, қайтып келмеў. ...ҳаў, ол бүгин үш күн болды күйеўге шығып, барған жигити турған жеринен биротала көшип кетти (А.Бекимбетов). Булт көшиў — бултлардың ҳәрекетлениўи, жылысыўы, жылжыўы, қозғалыўы. Шайырлар «күн жаўды, аспанда булт көшти, арқадан самал ести» деген сыяқлы көзи көрген нәрселерден арман өте алмапты (М.Нызанов). Көшип қоныў — бир жерден екинши жерге қоныс басыў, орналасыў, мәканласыў. Тоғайлықтан басыў излеп, көшип қоныс еттик бүгин (Ә.Шамуратов). Иске көшти — тийкарғы жумысқа өтиў, кирисиў. Есенгелди менен нөкерлерин ертип, жыйналғанларға бурын сырлас, үйреншикли адамдай-ақ бирден болар иске көшти (Т.Қайыпбергенов). Көшип гезиў — көшип жүре бериў. Саҳра халқы көшип-гезбек, Кәнтли жерден Ўатан дүзбек, Қалпақтың уғлыдур өзбек, Өзбек жекке болған екен (Бердақ). Мақсетке көшиў — тийкарғы жумысқа, мақсетке өтиў, тийкарғысын айтыў, билдириў. Хан енди тийкарғы мақсетине көшти (Т.Қайыпбергенов). Мәсләҳәтке көшиў - ойласыўға кирисиў, пикирлерин ортақласыўға айланысыў. Бул қоңырат бийлерин жолдан қалдырмай, өз ара мәсләҳәтке көшти (Т.Қайыпбергенов). Ойына көшиў — тийкарғы мақсетке өтиў, пикирди айтыў. Туўысқан атасынан айырмасы жоқ, бул адамның кеңеслерин зейин менен тыңлап, тийкарғы айтажақ ойына көшти (Т.Қайыпбергенов).