⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Еки жағы қатарласып тизилген үйлер, оның ортасындағы узынына тартылған, созылған жол. Ол арқалы адамлардың, транспортлардың, тағы басқалардың жүретуғын жолы. Бул қаланың көшесинен жүргенде, Билинбейди тоқлығым я ашлығым (И.Юсупов). Әне, усы гәптен кейин Мухаммедов телефонды дийўалға тартып урып сындырып, көшеге шығып кетти (М.Нызанов). 2. аўыс. Бир урыўлас адамлар, ағайин адамлар, туўысқан адамлар. ...Олар хәммеси бир туўысқан, бир көшениң адамлары еди (Ә.Шамуратов). 3. аўыс. Аўыл арасы, дала, майдан. Жәмийла телеграмма келгели көшеге сийрек шықты (К.Султанов). 4. аўыс. Адамлардың жыйналып саўда ететуғын жери, қала, базар. Бир пашшапты көшеге буйырды («Алпамыс»). 5. аўыс. Жол, бағдар, тәреп. Базда туйық көшелерге киргизип, Ҳәўлиртип, әўере-сарсан етер ол (И.Юсупов). 6. Жәмийетлик орынлар (базар, майдан ҳәм т.б.), адамлар көбирек топланатуғын орынлар. Ақыбетинде, жас өспиримлер оны сабақларда баян, шығарма жазыў жумысларында көшелерде жазылған қәте жазыўларды еркин қолланыўға өтеди («Қарақалпақ университети» г.). Көшеден суў-пуў ишерсең, шығып тур. Сени көрсе уялып ойнай алмайды (М.Нызанов). ♦ Орайлық көше — ең үлкен көше, орталық көше. Ол орайлық көшеге айланған жердеги үлкен майданшада машинадан түсип, ақ жайға келип кирди (А.Бекимбетов). Абадан көше — кең, таза, сулыў көше. Абадан көшелер, жоллар ҳәрдайым, Көзиме сүрмедур, әзизим, Ўатан! («Қарақалпақ университети» г.). Мен үш жылдан бери кекселиктиң гәптин сүрип атырғанымды, көшемиз абаданласып атырғанын, ул-қызларым жумыс пенен тәмийинленгенин, шаңарағымыз бенен оғада татыў жасайтуғынымызды аўыз толтырып айттым (М.Нызанов). Көшени басына көтериў — шаўқым шығарыў, жәнжел қылыў. Үйден шығыўдан олар көшени басына көтерди (Қ.Айымбетов). Басы берк көше — ақыры туйық көше, басқа көшелерге өтип кетиў ушын жол болмайды. — Россия мийманханасынан кублаға қарай бираз жүргеннен кейин «Океан» деген тири балық сататуғын дүкән бар, әне, сол дүкәнның артында, басы берк көшеде турдық, үш жигит болып (М.Нызанов). Бизлер туратуғын кишкене туйық көшеден машын жүрмегенликтен қарлар басылмаған, мамықтай аппақ болып тур еди (М.Нызанов). Жасыл көше — терекли, гөззал, гүлли көше. Жаслығымның гүўасы сиз жасыл көшелер, Автобустан кеште түсип үйге қайтқанда (Ш.Мәмбетмуратов). Қыябан көше — узын, үлкен, кең. Қыябан көшелерде қуўанышлы жас әўладлар көринди (А.Бекимбетов).