КӨТЕРИЛИС
Қарақалпақша
ат. Көпшиликтиң жәмийетлик теңсизликке қарсы шығыўы, бас қосыўы, қозғалыс, қозғалаң.
XIX әсирдиң басында Хийўа ханына қарсы көтерилис жасаған, ... (Қ.Айымбетов).
Ол — ашыўлы, халықтың азғантайының кеўлин таўып, бүгинги көтерилисти басыў еди (К.Султанов).
Хийўа хан көтерилис тапты, барып қазақты шапты (Әтеш)